Усы жылдың 2-октябрь күни Шымбай районында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығы Аманбай Орынбаевтың басшылығында арқа районлардың пуқаралары ушын мүрәжатлары бойынша өткерилген жеке қабыллаўына Шымбай районы пуқаралары да қатнасып, олардың мүрәжатларының айырымлары сол орында унамлы шешим тапты.
Атап айтқанда «Дослық» мәкан пуқаралар жыйыны турғыны Е.Даўлетяров аймақ турғынларының атынан сол аймақтағы жол мәселеси бойынша мүрәжат етти.Бүгин мүрәжат унамлы шешим таӯылып нешше жыллық машқала болып киятырған жолға қара қапламалы асфальт төселди.Енди қыстың жаӯынлы күнлерин бул аймақ турғынлары ҳеш қандай қәӯетерсиз өткереди.