Бүгин Шымбай районында Қарақалпақстан Республикасы Шаӊарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитети тәрепинен шөлкемлестирилген 2022-жылдыӊ 15-ноябринен – 15-декабрь күнлери аралығында жасларды шаӊарақлық дәўирге таярлаў ҳәм миллий қәдириятларды беккемлеў бойынша үгит-нәсиятлаў айлығы жәрияланыўы мүнәсибети менен районымыздағы 40-санлы улыўма билим бериў мектеби айлық шеӊберинде акция шөлкемлестирилди. Бул илажға Шымбай районы ҳәкими орынбасары Г.Мамбетниязова, Қарақалпақ мәмлекетлик университети ректорыныӊ Ҳаял-қызлар мәселелери бойынша мәслаҳәтшиси, Жаслар ислери агентлиги ўәкили, районлық ПХАЖ бөлими, райондағы «Өрнекли ҳаяллар ҳәрекети» ағзалары қатнасты. Илаж даўамында акция қатнасыўшылары болған жас шаӊарақларға, «Жасларды шаӊарақлық турмысқа таярлаў орайы»нда оқытылған жас келин-күйеўлерге шаӊарақлық дәўирдиӊ әҳмийети, шаӊарақ қурыўдыӊ ҳуқықый тийкарлары ҳәм де шаӊарақ муқаддеслиги бойынша үгит-нәсият жумыслары алып барылды. Илаж соӊында неке қурыў алдында турған ҳәм «Жасларды шаӊарақлық турмысқа таярлаў орайы»нда ноябрь айында оқыў-курсын тамамлаған жас келин-күйеўлерге сертификатлар тапсырылды