Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиниң гезектеги қырық төртинши сессиясының жуӯмағы ҳаққында

Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиниң гезектеги қырық төртинши сессиясының жуӯмағы ҳаққында

29.11.2022 10:18:42 332 Баспаға шығарыў

 

Сессияда районлық Кеңес депутатлары район ҳәкиминиң орынбасарлары, тийисли мәкеме, кәрхана ҳәм шөлкем басшылары қатнасты.

Сессияны район ҳәкими, Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңеси баслығы А.Тажетдинов басқарып барды.

Сессия күн тәртибинде

– Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёев басшлығында

2022-жыл 1-март күнги “Ҳаял-қызларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, олардың жәмийеттеги дәрежесин және де беккемлеў бойынша әҳмийетли ўазыйпалар ҳаққында”ғы 18-санлы баянламасының орынланыўын тәмийинлеў ҳаққында.

– Шымбай раёнында Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл

26-ноябр күнги ПП-5883-санлы “Халықты ишимлик суў менен тәмийинлениў дәрежесин асырыў ҳәм оның сапасын жақсылаў ушын Өзбекстан Республикасының суў ресурсларын басқарыўды раўажландырыў бойынша

ис-илажлары ҳаққында”ғы Пәрманының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде алып барылған  жумысларын нәтийжели әмелге асырыў бойынша ҳәм де 2022-жыл                    10 айы даўамында “Қарақалпақ суў тәмийинаты” ЖШЖ Шымбай раёны бөлими тәрепинен әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында;

– Шымбай раёнында 2022-жыл 10 айы даўамында абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў бойынша Абаданластырыў басқармасы тәрепинен әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында;

– Шымбай раёнында 2022-жыл 10 айы даўамында «Тоза-Ҳудуд» мәмлекетлик унитар кәрханасы раёнлық бөлими тәрепинен әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында;

– Шымбай районы Халық билимлендириў бөлимине қараслы 41- ҳәм 44-санлы улыўма билим бериў мектеплеринде бос (вакант) турған директор лаўазымына таңлаў жолы менен талабанларды усыныў ҳаққында.

– Халық депутатлары Шымбай раёнлық Кеңеси секретариаты бас қәнигеси И.Бердибаевты лаўазымынан босатыў ҳаққында

Күн тәртибиндеги мәселелер бойынша тийисли тараў хызметкерлериниң баянатлары тыңланды ҳәм сессия күн тәртибиндеги мәселелер бойынша тийисли шешимлер қабыл етилди.

 

Пайдалы ресурслар
Skip to content