Сенатор бүгин Шымбай районында болды

Сенатор бүгин Шымбай районында болды

22.11.2022 17:37:57 173 Баспаға шығарыў

Бүгин Шымбай районы ҳәкимлигиниң мәжилислер залында жаңа редакциядағы Мийнет кодексиниң мазмун мәнисин ҳуқықты қоллаўшыларға түсиндириў, оның орынланыўын тәмийинлеў сыяқлы әҳмийетли мәселелер талқыланды.

Мәжилиске  Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Арал бойы аймағын раўажландырыў мәселелери комитети баслығының орынбасары, сенатор Б. Матмуратов, районлық Кеңес депутатлары ҳәм районлық мәкеме шөлкем баслықлары менен ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.

Мәжилисте жаӊадан қабыл етилген ҳәм өзгерис киритилген нызамлар тараў ўәкиллери тәрепинен түсиндирилди.

Буннан соӊ, сенатор Б. Матмуратов «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбары шеӊберинде “Әҳмийетли 40 күнлик” иләжлары тийкарында район аймағында әмелге асырылып атырылған жумыслар менен танысып, нәл егиӯ жумысларына қатнасты.

Пайдалы ресурслар
Skip to content