Медицина бирлеспесиндеги халық мүрәжати унамлы шешилди

Медицина бирлеспесиндеги халық мүрәжати унамлы шешилди

22.11.2022 10:44:04 367 Баспаға шығарыў

 

Социаллық тармақларда Шымбай районы медицина бирлеспесине қараслы Көп тармақлы поликлиника филиалы бойынша видео мүрәжат жәрияланған еди.

Шымбай районы ҳәкимлиги тәрепинен усы мүрәжат бойынша үйрениӯ жумыслары алып барылып, «Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты  сақлаӯ министрлигиниң 2022-жыл 25-октябрь күнги 175-санлы буйрығына  тийкар Республикада «Қызылша қызамық» кеселлигине қарсы 6-айдан

5 жасқа шекемги балалар арасында миллий шаншыў күнлери өткерилиўине байланыслы район аймағында сегиз мыңнан аслам балаға қызамыққа қарсы шаншыў өткерилиўи режелестирилген.

Ҳәзирги ўақытта, район бойынша шаңарақ поликлиникаларда ҳәм шаңарақ шыпакерлик пунктлерде, яғный, 13 жерде шаншыў орынлары шөлкемлестирилген.

Сондай-ақ, видеода көрсетилген барлық кемшиликлер толығы менен сапластырылды ҳәмде халық мүрәжаты унамлы шешилди. Буны фото фактлеримизде көрсеңиз болады.

 

Пайдалы ресурслар
Skip to content