Мийнет кодексиниң мазмун мәнисине арналған семинар болып өтти

Мийнет кодексиниң мазмун мәнисине арналған семинар болып өтти

17.11.2022 11:49:08 181 Баспаға шығарыў

Усы жылдың 11-ноябрь күни Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң мәденият сарайында жаңа редакциядағы Мийнет кодексиниң мазмун мәнисине арналған семинар болып өтти.

Онда Олий Мажлис Нызамшылық палатасы Спикери орынбасары Зухра Ибрагимова, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Сапарбаев, сенаторлар, депутатлар, министрлик ҳәм мәкемелер ўәкиллери, кәрхана ҳәм шөлкемлер басшылары соның менен бирге студент жаслар қатнасты.

Семинарда жаңа редакциядағы Мийнет кодексиниң мазмун мәнисин ҳуқықты қоллаўшыларға түсиндириў, оның орынланыўын тәмийинлеў сыяқлы әҳмийетли мәселелер талқыланды.

Атап өтилгениндей, сонғы жылларда Өзбекстанда мийнет қатнасықларына жаңаша жантасыў жүзеге келди. Мүлк ийелери ҳәм жумыс бериўшилердиң саны кескин артты. Физикалық шахсларға да жумыс бериўши статусы берилди. Булардың барлығы мийнет базарында жаңа реформаларды талап етеди.

Бундай шараятта мийнет нызамшылығын модернизациялаў менен байланыслы ўазыйпаларды әмелге асырыў дәўир талабы есапланады. Усы тәрептен жаңа Мийнет кодекси жойбары ислеп шығылды ҳәм бул процесте 10 нан аслам халықаралық шөлкем, соннан, халықаралық мийнет шөлкеминиң бир қатар конвенциялары, 60 тан аслам мәмлекет тәжирийбеси үйренилди.

Семинарда шығып сөйлеўшилер усы ҳүжжет тараўдағы бир қатар машқалаларды, мийнет базарындағы жағдайды есапқа алып, базар экономикасы талапларынан келип шыққан ҳалда, нызамлы шешиўде, ислеген жумысына, жумыс бериўши болса киргизген қаржысына мүнәсип тәризде итибар ҳәм хошаметлеўге ийе болыўын кепиллейтуғын әҳмийетли ҳуқықый тийкар болып хызмет ететуғынлығы атап өтилди.

Пайдалы ресурслар
Skip to content