Бүгин мәмлекетимизде қутлы сәне. Өзлериниң пидайы хызметлери менен Ўатанымыз тынышлығы ҳәм пәраўанлығын тәмийинлеў, пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин, нызамлы мәплерин қорғап, халық мәпи ушын хызмет етиўди уллы миннети деп билетуғын Ишки ислер уйымы хызметкерлери күни.
Бүгинги жаңаланып атырған Өзбекстан Республикасында Ишки ислер уйымы тараўында көплеген реформалар әмелге асырылмақта.
Жумыс сапасын жаксылаў жолында әмелге асырылап атырған реформалар мәмлектимизде ең баслысы нызам үстинлигин тәмийинлеўге қаратлыған.
Өзлерине бекитилген ўазыйпаларды шын кеўилден орынлап, халкымыздың пәраўан турмыста жасаўын тәмийинлеў, мәмлекетимиз мәплерин исенимли қорғап, өз өмирин Ўатан тақдирине байланыстырған Ишки ислер уйымлары хызметкерлерин ҳәм ветеранларын район ҳәкимлиги атынан қызғын қутлықлайман.
Тараў хызметкерлери бүгинги күн жасларына ҳәр тәреплеме өрнек болып, оларға Ўатанымызды сүйиўди, ардақлаўды үйретпекте.
Ишки ислер уйымы хызметкерлерин кәсиплик байрамы менен қутлықлай отырып, олардың машақатлы жумысларында табыслар тилеймен!
Ҳүрмет пенен Шымбай районы ҳәкими Ещанов Полат Қәдирбергенович