Бүгин Шымбай районы 1-сектор басшысы, районлық Шаӊарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлими, районлық Бәнтликке көмеклесиў орайы басламасы менен «Қостерек» аўыл пуқаралары жыйыны аймағында жумыссыз ҳаял-қызлар ушын бос жумыс орынлары мийнет ярмаркасы шөлкемлестирилди. Онда «Қостерек» аўыл пуқаралары жыйыны аймағындағы жумыссыз ҳәм жумыс ислеў нийетин билдирген ҳаял-қызлар қатнасты. Мийнет ярмаркасын шөлкемлестириўден мақсет район аймағындағы мәкеме, кәрханаларда бар болған бос жумыс орынлары менен таныстырыў, ҳаял-кызларды кәсип-өнерге үйретиў, оларды үй шәраятында жумыс пенен бәнт етиў ҳәм ҳаял-қызларды өнерментшиликке кеӊнен тартыў бойынша қабыл етилген пәрман ҳәм қарарлардыӊ мазмун-мәнисин кеӊнен үгит-нәсиятлаўдан ибарат. Ярмарка жуўмағында 8 ҳаял-қыз усы аймақтағы фермер хожалықларына жумысқа орналастырылды