Алдын хабар бергенимиздей Шымбай районы Бердақ мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы жас қызлары “Бес Баслама Олимпиада” шеңберинде қыз балалар арасында өткерилген спорттың “Street Ball” түри бойынша 16-21 хәм 27-30 жас категориялар арасында Қарақалпақстан Республикалық басқышында сыйлы орынларды ийелеп Өзбекстан Республикалық басқышына жоллама алыўға еристи.