Балада уйқысызлыққа себеп болыўшы факторлар

Балада уйқысызлыққа себеп болыўшы факторлар

10.11.2022 16:11:16 205 Баспаға шығарыў

Натуўры аўқатланыў – баланы тойдырып жибериў ҳәм аш қалдырыў да уйқысызлыққа себеп болыўы мүмкин.

Мурыннан дем алыўдың бузылыўы – қурғақ ҳаўа, сондай-ақ түрли кеселликлер ( үлкенлескен айырша без, бронхоспазмға алып келетуғын рефлюкс, мурын-көмекей инфекцион ҳәм аллергик кеселликлери) уйқысызлыққа себеп болады.

Д3 витамини жетиспеўшилиги – Бул витамин жетиспегенде аяқ асты ҳәм алақан ығал болып турады. Д3 жетсипеўшилиги көбирек 6 айлыққа шекемги болған балаларда гүзетиледи.
Организмде Д3 витамини ислеп шығарылыўы ушын қуяш нурлары керек.

Лактоза жетиспеўшилиги – Көкирек сүти қурамындағы лактоза темир ҳәм кальций сорылыўын тәмийнлейди, пайдалы ишек микрофлорасы пайда болыўын күшейтеди.

Бруксизм – Тислерди ғышырлатыў. Көбинше ишек қуртлары, парадонтопатия, ашыўшақлық себеп болады.

Гельминтлер – Тыйкарынан ишек қуртлары баланы түнде мазалайды.

 

Пайдалы ресурслар
Skip to content