Республикамызда Ҳаял-қызлардың машқалаларын системалы түрде шешиў, оларды социаллық жақтан қоллап-қуўатлаў бойынша республикалық комиссиясы тәрепинен өткерилип киятырған «Ең жақсы сектор баслығы», «Ең жақсы мәҳәлле баслығы», Ең жақсы ҳәким жәрдемшиси», «Ең жақсы жаслар жетекшиси», «Ең жақсы ҳаял-қызлар белсендиси» ҳәм «Ең үлгили жумыс бериўши ҳаял» таңлаўларының Қарақалпақстан Республикалық басқышында «Ең жақсы мәҳәлле баслығы» номинациясы бойынша 1-орын ды Шымбай районы “Бердақ” мәҳәлле пуқаралар жыйыны баслығы Палванова Фатима Маратовна ийеледи.Бүгин болса «Ең жақсы мәҳәлле баслығы» номинациясын қолға киргизди ҳәм баҳалы сыйлық пенен сыйлықланды.