Бүгин Шымбай районында “Жаслар дәптериˮне киргизилген 337 жасқа ѳзиниң бәнтлигин тәмийинлеў, сондай-ақ исбилерменлигин баслаўлары ушын субсидия тийкарында әсбап-үскенелер тапсырылды.
Шымбай районы орайлық майданында ѳткерилген мәресимде Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы П.Махсетбайев ҳәм Шымбай районы ҳәкими А.Тажетдиновлар қатнасты.
Бул Президентимиз тәрепинен жасларға берилген және бир имканият. Оннан жасларарымыз тек ғана үнемли пайдаланыўы керек.