Мәмлекетимизде барлық реформалар пуқараларымыздың турмыс абаданлығын тәмийинлеў ушын әмелге асырылып атырған болса «Инсан қәдири ушын» принципи тийкарында әмелге асырылып атырған ийгиликли ислер усы реформалардың турмысымыздағы сәўлесине айланып бармақта. Усы тийкарда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев ең шетки шегара аймақлардағы пуқаралар менен ушырасып, көшпели қабыллаўлар өткерип, пуқараларды қыйнап киятырған машқалаларға шешим табыў илажларын көрип атыр.
Бүгин Жоқарғы Кеңес Баслығы пайтахттан дерлик 260 км, Тахтакөпир районы орайынан 150 км қашықлықта жайласқан Қоструба аўылында болды ҳәм аўыл турғынлары менен ушырасты.
Ушырасыўда Қоструба аўылы турғынлары тәрепинен билдирилген бир қанша мүрәжатлар өз шешимин тапты.
Соннан, билдирилген мүрәжатлар бойынша аўыл мектебин реконструкциялаў, МПЖ имәратын қурып бериў, электр энергиясы менен тәмийинлеў мақсетинде қуяш панеллерин алыў ушын субсидия ажыратыў бойынша машқалалар өз шешимин таўып, қысқа мүддетте орынлаў бойынша жуўапкерлерге тапсырмалар берилди.
Сондай-ақ, аўылдағы бар болған 27 хожалықтың ҳәр бирине 2 газ балоннан ҳәм 1 газ плитасынан берилетуғын болды. Соның менен бирге, медициналық контейнерлер орнатылып, тез жәрдем машинасы ажыратылды. Орта мағлыўматлы баслаўыш класс қәнигелигин тамамлаған 2 муғаллим жеңилликли түрде жоқары оқыў орнына қабылланыўы белгиленип, контракт төлеминиң 50 пайызы мәмлекет есабынан төлеп берилетуғын болды. Қострубалы мектеп питкериўшилери жоқары оқыў орынларына жеңиллетилген түрде қабылланыўы, аўыл мектебин инглис тили муғаллими менен тәмийинлеў, пуқаралардың саламатлығын қорғаў ҳәм беккемлеў мақсетинде медициналық көриктен өткериўди шөлкемлестириў, шарўа ушын зәрүр болған артезиан қудықларын қазып бериў, аўылға алып барыўшы жолларды жақсылаў бойынша тийисли тараў басшыларына тапсырмалар берилди.
Айтып өтиў орынлы, Қоструба аўылында бүгинги күнде 27 хожалық жасайтуғын болып, жергиликли турғынлар тийкарынан шарўашылық пенен шуғылланады. Сондай-ақ, аймақта қаракөлшилик пенен шуғылланыў да жолға қойылған болып, «Байтөбет», «Алаў-1», «Жансаят-Саян» сыяқлы фермер хожалықлары тәрепинен қаракөл териси ушын қойлар жетистириледи.
Халық ийгилиги жолында әмелге асырылып атырған жумыслар пуқараларымыздың турмыс абаданлығын арттырыў, олардың күнделикли турмысында ушырасып атырған машқалаларға шешим табыў, ең баслысы бүгинги күнинен разылығын тәмийинлеўге хызмет етеди ҳәм бундай ислер еледе даўам етери сөзсиз.