Cеминар болып өтти

Cеминар болып өтти

25.10.2020 00:04:23 325 Баспаға шығарыў

Мәхалле хәм шаңарақты қоллап-қуӯатлаӯ министрлиги тәрепинен 2020-жыл
28-августта қабылланған “Пуқаралар жыйынларында жумыс хүжжетлери хәм оларды жүритиӯде ӯақтыншалық тәртиби хаққында”ғы көрсетпесиниң орынланыӯын тәмийинлеӯ мақсетинде Мәхалле хәм шаңарақты қоллап-қуӯатлаӯ министрлиги басламасы менен Шымбай районында семинар болып өтти. Өткерилген семинарға Өзбекстан Республикасы ИИБ ХДПП баслығының биринши орынбасары, подполковник Д.Азизов, Өзбекстан Республикасы Мәхалле хәм шаңарақты қоллап қуӯатлау министирлиги басқарма баслығының орынбасары Р.Исомиддинов ҳәм Шымбай районы хәкими П.Ещановлар қатнасты. Семинарда Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 18-февралдағы “Жәмийетте социал-ағартыушылық орталығын кеңейтиӯ, мәхалле институтын жәнеде қоллап-қуӯатлаӯ хәмде шаңарақ хаял-қызлар менен ислеӯ дизимин жаңа дәрежеге алып шығыӯ ис-илажлары хаққында”ғы Пәрманның атқарылыӯын тәмийинлеу, сондай-ақ пуқаралар жыйынлары хызметкерлери искерлигин нәтийжели шөлкемлестириӯ мақсетинде алып барылып атырған жумыслар ҳәмде алдаӻы ислениӯи тийис ӯазыйпалар додаланды.

 

Пайдалы ресурслар
Skip to content