Алдын хабар бергенимиздей Шымбай районы Бердақ мәкан пуқаралар жыйыны жасларының бири болған Жанузақов Жетес “Бес баслама олимпиада”сының I-мәўсиминде 16-21 жас “B” лига арасында өткерилген спорттың “Стол теннис” түринен Өзбекстан Республикасы баскышында сыйлы 2- орынды ийелеп Өзбекстан чемпионы болыўға мияссар болды ҳәм чемпионымыздың жеңиси нәтийжесинде “Бердақ” мәҳәллесине “Steet ball” ҳәм “Street workout” спорт майданшалары қурып берилды.