Қарақалпақстан ҳәм Жаслық посёлкаларында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаевтың жеке қабыллаўы болып өтти

Қарақалпақстан ҳәм Жаслық посёлкаларында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаевтың жеке қабыллаўы болып өтти

01.11.2022 09:32:49 95 Баспаға шығарыў

Мәмлекетимиз басшысының тапсырмасы тийкарында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев пайтахттан дерлик 450 км қашықлықта жайласқан шегара аймақ, Қоңырат районы “Қарақалпақстан” посёлка пуқаралар жыйынында болып, пуқаралар менен ушырасты. Дәслеп, Республикамыз басшысы айырым аймақ турғынларынан Жоқарғы Кеңес Баслығының телеграм бот каналына келип түскен мурәжатларында көрсетилген мәселелерди барып көрди. Мәлим болыўынша пуқаралар жыйынындағы 24 хожалыққа арнап салынған турақ жайлардың сапасы талап дәрежесинде болмағанлығы себепли, айырым машқалаларды келтирип шығармақта. Жоқарғы Кеңес Баслығы бул мәселени унамлы шешиў бойынша тийисли тараў басшыларына анық тапсырмалар берди. Буннан соң, аймақтағы Мәденият сарайы имаратында Жоқарғы Кеңес Баслығы Аманбай Орынбаевтың жеке қабыллаўы болып өтти. Онда посёлка пуқаралары өзлериниң социаллық, электр энергия, тәбийғый газ, ишимлик суўы, сондай-ақ, исбилерменлик тараўындағы айырым мәселелерин айтып мүрәжат етти. “Ҳәр бир мүрәжат артында бир инсанның тәғдири бар” усы принцип тийкарында өткерилген қабыллаўда келип түскен ҳәр бир мүрәжат дыққат пенен тыңланып, унамлы шешим табыў бойынша бар имканиятлар иске салынды.

Қабыллаўларда жумыс сорап мүрәжат еткен Нурлан Қатарбаев, Рома Александров, Зинайда Байжанова сыяқлы бир қатар пуқаралардың бәнтлиги тәмийинленди. Олар аймақтағы кәрхана ҳәм исбилерменлик субъектлерине жумысқа орналасты. Аймақта азық-аўқат өнимлерин сатыў менен шуғылланыўшы исбилермен Рашит Бабаевтың мүрәжатына бола, өз исбилерменлигин кеңейтиў ушын өзи қәлеген жер орны аукцион саудасына қойып берилетуғын болды. Сондай-ақ, жас исбилермен Олжас Есеновта өз жумысын кеңейтип, аймақтың потенциалынан нәтийжели пайдаланған ҳалда түйешилик фермер хожалығын шөлкемлестириў ҳәм халқымызды түйе сүти, гөш өнимлери менен тәмийинлеўди мақсет еткен. Бул жойбарды әмелге асырыў ушын жеңиллетилген кредит сорап Жоқарғы Кеңес Баслығына мүрәжат етти. Ҳәким жәрдемшисиниң усынысы тийкарында оған керекли муғдардағы жеңиллетилген кредит ажыратылатуғын болды. Соның менен бирге қабыллаў даўамында жәрдемге мүтәж пуқаралар тәрепинен үй жайларын оңлап бериў, контракт төлеми ҳәм материаллық жәрдем сорап мүрәжат еткен көпшилик пуқаралардың мәселелери унамлы шешим тапты.

Пайдалы ресурслар
Skip to content