Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиниң 42-сессиясы жуӯмақланды

Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиниң 42-сессиясы жуӯмақланды

27.10.2022 12:29:32 256 Баспаға шығарыў

 

Бүгинги сессияда сектор басшылары, районлық Кеңес депутатлары район ҳәкиминиң орынбасарлары, тийисли мәкеме, кәрхана ҳәм шөлкем басшылары қатнасты.

  1. Өзбекстан Республикасы Олий Мәжилиси Сенатының 2021-жыл 28-май күнги “2030-жылға шекем Өзбекстан Республикасында гендер теңликке ерисиў стратегиясын тастыйықлаў ҳаққындағы СҚ-297-IV-санлы қарарында көрсетилген тапсырмалардың орынланыўын тәмийинлеў ҳаққында.
  2. Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёевтиң басшлығында 2022-жыл 1-март күнги “Ҳаял-қызларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, олардың жәмийеттеги дәрежесин және де беккемлеў бойынша әҳмийетли ўазыйпалар ҳаққында”ғы 18-санлы баянламасының орынланыўын тәмийинлеў ҳаққында.
  3. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл

1-март күнги Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар менен ислесиў мәҳәлле ҳәм нураныйларды қоллап-қуўатлаў системасын жеделлестириў ис-илажлары хаққында»ғы ПП-81-санлы Пәрманының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде район аймағында усы жылдың 9-айы даўамында әмелге асырылған жумыслары бойынша район ҳәкиминиң орынбасары, шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлими баслығының есабаты ҳаққында.

  1. “Ҳаяллар дәптери”ниң 3-басқышына киритилген ҳаялларға материаллық жәрдем ажыратыў ҳаққында.
  2. Шымбай районы жергиликли бюджет дәраматларының артықша орынланған бөлеги есабынан 2022-жылдың екинши басқышында жәмийетшилик пикири тийкарында қәлиплестирилген илажларды қаржыландырыў ҳаққында.
  3. Пуқаралық ислери бойынша Шымбай районлараралық судының 2022-жылдың 9 айы даўамында әдил судлаўды әмелге асырыў бойынша алып барған жумыслары ҳаққында.
  4. Шымбай районлар аралық Экономикалық суды тәрепинен 2022-жылдың 9 айы даўамында әдил судлаўды ҳәм нызамшылықты беккемлеўди әмелге асырыў бойынша алып барылған жумыслары ҳаққында.
  5. Жынаят ислери бойынша Шымбай районы суды тәрепинен 2022-жылдыӊ 9 айы даўамында әдил судлаўды әмелге асырыў барысында әмелге асырылған жумыслары ҳаққында.
  6. Район аймағындағы ҳәкимият жер қоры есабында бос турған жер майданларын аўыл хожалығы кәрханалары, дийқан хожалықларын шөлкемлестириў ушын “Ашық електрон” таңлаўына шығарыў, ушын жер майданларын ажыратыў ҳаққында.
  7. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниӊ 2022-жыл 14-октябрьдеги «Мәмлекетлик пуқаралық хызметкерлери тәрепинен әдеп-икрамлылық қағыйдаларына әмел етиўин тәмийинлеў бойынша қосымша ис-илажлар ҳаққында»ғы 595-санлы ҳәм усы мазмундағы Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеӊесиниӊ 2022-жыл 21-октябрь күнги 505-13-0-Q/22-санлы қарарлары ҳаққында.
  8. Халық депутатлары Шымбай районы Кеңеси секретариаты баслығын тайынлаў ҳаққында.
  9. Халық депутатлары Шымбай районы Кеңеси секретариаты бас қанигесин тайынлаў ҳаққында.
  10. Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңеси секретариаты бас қәнигеси Р.Бабаназаровты лаўазымынан босатыў ҳаққында.
  11. Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңеси секретариаты бас қәнигеси Р.Бабаназаровты лаўазымынан босатыў ҳаққында.

 

Пайдалы ресурслар
Skip to content