Азанғы саат 10:00 де басланған қабыллаў түнги саат 23:00 ге шекем яғный, 13 саат даўам етти.
Бүгин Нөкис қаласындағы Жаслар орайы имаратында Нөкис қаласы пуқаралары ушын Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаевтың жеке қабыллаўы болып өтти.
Онда Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйиниң биринши орынбасары У.Мухаммадиев қатнасты.
Болып өткен қабыллаўда Жоқарғы Кеңес Баслығының жеке қабыллаўына жазылған дизим бойынша пуқаралардың мүрәжатлары тыңланып, орнында шешим табыў илажлары көрилди.
Қабыллаўда тийкарынан пуқараларды қыйнап киятырған машқалалар қатарында, социаллық қоллап-қуўатлаў, исбилерменлик искерлигинде ушырасып атырған машқалалар, бәнтлик, медициналық жәрдем, электр ҳәм газ тәмийнаты, жол, ишимлик ҳәм ақаба суў жеткерип бериў бойынша мүрәжатлар билдирилди.
Мәселен, Қутлы мәкан МПЖ пуқарасы Айтымбетова Гулназдың үйиниң төбесин бастырып бериў бойынша мүрәжаты унамлы шешилип, жайының төбеси бастырып берилетуғын болды.
Сондай-ақ, Әмиўдәрья мәкан пуқаралар жыйынында жасаўшы Мақсетов Ерназар веб-программалаў ҳәм информациялық технология жөнелисине қызығатуғынлығын билдирип, әмелий жәрдем сорады ҳәм Жоқарғы Кеңес Баслығы тәрепинен қоллап-қуўатланып, компютер бағдарламалары ҳәм сайт жаратыў менен шуғылланыўы ушын профессионал компютер алып берилетуғын болды.
Соның менен бирге Айназарова Гулжайнаның екинши қәнигелик бойынша контракт төлеми төлеп берилип, жумысқа жайластырылды. Пуқаралар Жуманазарова Айгүл ҳәм Төлегенова Салтанаттың турақ жайын оңлаўға қаржы ажыратылған болса, Мадреймова Майрамгүлге материаллық жәрдем пулы берилетуғын болды.
Улыўмаластырып айтқанда, бүгинги қабыллаўда 300 ден аслам мүрәжат келип түсти ҳәм оның басым көпшилиги орнында унамлы шешимин тапты, ўақыт талап етилетуғын мүрәжатлар Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының жеке қадағалаўына алынып, тез пурсатта унамлы шешиў бойынша тийисли тараў басшыларына тапсырмалар берилди.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаевтың «Ҳәр бир мүрәжат артында бир инсанның ҳуқықы бар»-деп атап өткениндей, пуқаралардың мүрәжаты барқулла итибарда болады ҳәм ҳүрметли Президентимиздиң басламасы менен «Инсан қәдири ушын» принципи тийкарында алып барылып атырған әмелий жумыслар негизинде көшпели қабыллаўлар барлық районларда даўам еттириледи.