Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары сайланды

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары сайланды

19.10.2022 08:55:35 135 Баспаға шығарыў

Усы жылдың 18-октябрь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң гезексиз отыз жетинши сессиясы болып өтти.

Сессияға Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты ҳәм Ҳүкимет ағзалары, Республика сектор ҳәм тараў басшылары, ғалаба хабар қураллары ўәкиллери, сондай-ақ, Жоқарғы Кеңестиң депутатлары қатнасты.

Сессияны Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев кирис сөз бенен ашты ҳәм басқарып барды.

Сессияның күн тəртибине муўапық шөлкемлестириў мәселеси, яғный Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасарын сайлаў мәселеси көрип шығылды.

Қарақалпақстан Республикасы Конституциясының 81-статьясы, 4-бәнтине муўапық Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары лаўазымына 18-санлы «Жанбасқала» сайлаў округинен депутат Сапарбаев Рустам Турсынбаевичтиӊ кандидатурасы усыныс етилди ҳәм оныӊ өмирбаяны менен таныстырылды.

Рустам Турсынбаевич 1982-жылы Қоңырат районында туўылған.

Мағлыўматы жоқары, қәнигелиги – юрист, сиясаттаныўшы.

– 2004-жылы Қарақалпақ мәмлекетлик университетин,

– 2008-жылы Өзбекстан Республикасы Стратегиялық анализ ҳәм келешекти белгилеў жоқары Мектебин тамамлаған.

Рустам Турсынбаевич 2021-жылдан берли Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының жәмийетлик ҳәм диний шөлкемлер менен байланыслар бойынша орынбасары  лаўазымында ислеп келген.

Усынылған талабанның кандидатурасын депутатлар көрип шықты ҳәм қоллап-қуўатлады.

Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы 70-статьясының 4-бәнтине муўапық Сапарбаев Рустам Турсынбаевич Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары лаўазымына сайланды.

Пайдалы ресурслар
Skip to content