Усы жылдың 2-октябрь күни Шымбай районында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаевтың басшылығында арқа районлар бойынша пуқаралардың мүрәжатларын қабыл етиў бойынша өткерилген жеке қабыллаўына Шымбай районы пуқаралар қатнасып, олардың мүрәжатларының айырымлары сол орында унамлы шешим тапты.
Атап айтқанда «Бердақ» мәкан пуқаралар жыйыны турғыны А.Керимбердиева мүрәжатыны бойынша 10 млн 200 мың сӯм муғдарында пул ажыратылып нәтийжеде пуқараның турақ жайына оңлаӯ жумыслары алып барылып, үйиниң төбеси шиферланып берилди.
Ҳәр бир мүрәжат итибарда ҳәмде орынланыӯ бойынша районымызда көлемли жумыслар алып барылмақта.