Ҳеш бир мүрәжат итибардан шетте қалмайды

Ҳеш бир мүрәжат итибардан шетте қалмайды

17.10.2022 12:04:06 273 Баспаға шығарыў

Шымбай районы аймағында өткерилген көшпели қабыллаўда Шымбай районы «Тазғара» аўыл пуқаралар жыйыны турғыны  Ш.Бекниязова мүрәжат етип,өз мүрәжатында 2007-жыл туўылған қыз пепрзентлериниң туўылғанлық ҳаққында гүўалықларын шаңарақ жағдайларына байланыслы усы күнге шекем рәсмийлестире алмағанлығы ҳаққында мүрәжат еткен еди.

Шымбай районы ҳәкимлигиниң балаларды қорғаў мәселелери бойынша секторы ҳәм ПҲАЖ бөлими менен биргеликте мүрәжат белгиленген тәртипте үйренип шығылып, жас өспиримлерге туўылғанлық ҳаққында гүўалықлар рәсмийлестирилип берилди ҳәм мүрәжат унамлы шешим тапты.

Пайдалы ресурслар
Skip to content