Түрли ағымлар жәмийет турақлылығына қәӯип

Түрли ағымлар жәмийет турақлылығына қәӯип

14.10.2022 10:30:44 168 Баспаға шығарыў

Ҳәзирги күни Өзбекстан халқының саны 35 млн.нан артық болып, олар 130 дан зыят миллеткетийисли есапланады. Пуқаралардың 94% нен зыяты ислам динине сыйыныўшы пуқаралар болып, қалған 6% ин болсаазшылық болған басқа дин ўәкиллери ҳәмдеҳешбирдингесыйынбайтуғынларқурайды. Усы 130 дан зыят миллет ҳәм түрли дин ўәкиллериемин-еркинжумыс алып барып атырғаны да елимизде ҳүким сүрип атырған динийкеңпейиллиликтиң әмелийкөриниси.

Бүгин мусылман әлеминде қурамалысоциаллық-сиясийпроцесслер болып атырғанлығы белгили. Жақын Шығыс ҳәм басқа аймақлардағы қатар мәмлекетлертерең сиясийқыйынлық, социаллық ҳәмэкономикалықтурақсызлық ҳәмқураллысоқлығысыўларды басынан өткермекте. Усы аймақлар да тап ҳақыйқый «исламий мәмлекет»қурыў ураны астында үшинши тәрептиң сиясий мақсетине көрмей-билмей хызмет қылыў, ашықтан-ашық зорлық, инсанийлық арқасы жабайылықларға тийкарланған ислерге қол урып атырған түрли топар ҳәм жәмәәтлер көбейип кетти. Терроршылық ҳәрекетлери тектурақсызлық ҳүким сүрип атырған аймақларда, бәлким Франция, Германия,

Белгиясыяқлы Европа мәмлекетлери, Россия сыяқлы ҒМДАқурамындағы мәмлекетлерде жүз бермекте.

Ҳәзир дүньяның бирқатар раўажланған мәмлекетлеринде исломофобиясебепли мусылманларға қаратақәўиплердиң артыўы, сондай-ақ, оларға қарата терроршылықжағдайларының жүз бериўиде гүзетилмекте. Соның менен бирге, Палестинадағытыныш халықүстине бoмбаларжаўдырыў экстремизм ҳәм терроризм атамасының көп ҳаллардадингебайланысыжоқлығын анықашып бермекте. Бәлким, булатама қопарыўшы топарҳәмшахслар тәрепинен таза динди инсанларға қараетип көрсетиўҳәмоныинсанларға натуўрынәсиятлаў мақсетинде дин сөзиниң қасына қосылған ҳәм диннен нықап сыпатында пайдаланылған.

Ҳүрметли Президентимиз Ш.Мирзиёеватап өткениндей: «Бүгинги тез өзгерип атырған дүньяинсанияталдында, жасларалдында жаңа-жаңа, уллыимканиятларашпақта. Соның менен бирге, олардыилгери көрилмеген түрлижаўыз қәўип-қәтерлергеде дуўшар қылмақта. Нәпсиқаў күшлер сада, писип жетпеген балаларды өз ата-анасына, өз елине қарсы қайрап, олардың турмысына, өмирине себеп болмақта. Бундайшийелескен ҳәмқәўипли шараятта биз ата-аналар, устаз-тәрбияшылар, жәмәәтшилик, мәҳәлле-көшебул мәселедесергеклик ҳәмқырағылықтыжәне деасырыўымыз керек. Балаларымызды биреўлердиң қолына берип қоймастан, оларды өзимиз тәрбиялаўымыз лазым».

Ҳақыйқатында да, жедел сүўретте өзгерип атырған бул замандаескише жантасыў өз нәтийжесин бермейди. Жаслардыөзимиз тәрбия қылмасақ, ата-бабаларымыз жүрген жолданжүрмесек, оларерискен жетискенликлергежетеалмаймыз.

Республикамызда соңғы жылларда экстремизм ҳәмтерроризмгеқарсы ағартыўшылықжол менен гүрес алып барыўға айрықша итибар қаратылмақта. Булжолдахалықтыңҳуқықый саўатлылығын асырыў, экстремист ағымларқатарына адасып кирип қалған, қолы қанға батпаған ҳәм қылған исинен шын кеўилден пушайман болғанларға қаратакеширимлилик сиясатын алып барыў, жасәўладтың түрлибузғыншы ағымларқатарынакирип қалыўының алдын алыў бойынша турақлыүгит-нәсиятислериналып барыўәҳмийетлиўазыйпаларетипбелгиленген. Атап айтқанда, Президентимиз Ш.Мирзиёевтыңбасламасыменен 2018 жылы БМШ БасАссамблеясының жалпы сессиясында «Ағартыўшылық ҳәм диний кең пейиллилик» деп аталған арнаўлы резолюцияның әмелий көриниси мәмлекетимиздединий-ағартыўшылық тараўда алып барылып атырған реформалардаайқын көринисин таппақта. Әсиресе, түрлинәпсиқаў күшлер тәсириндединий-экстремизм ислерине адасып кирип қалған 16 мыңнан зыят инсан ҳуқықты қорғаў органлары«қарадизими»нен шығарылды.Өз нәўбетинде, мәмлекетимиздиң экстремизм ҳәмтерроризмгеқарсы ағартыўшыжол менен гүрес алып барып атырғаны көплеген мәмлекетлер ҳәм халықаралық шөлкемлер ҳәмдеғәрезсизэкспертлер тәрепинен жоқары баҳаланбақта.

 

Пайдалы ресурслар
Skip to content