Қанлыкөл районында Тақыятас, Хожели, Қанлыкөл, Шоманай, Қоңырат ҳәм Мойнақ районлары пуқаралары ушын Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев жеке қабыллаў өткерди.
Қабыллаўда жәми 433 мүрәжат келип түскен болып соннан дерлик 200 ге шамалас машқала өз орнында унамлы шешимин тапты.
Мәселен, Мойнақ районы Мәдели АПЖ, Порлытаў аўылы пуқараларының аўылды газ тармағына жалғаў бойынша еткен мүрәжаты унамлы шешилип, жәми 8.2 км узынлықтағы газ линиясын тартып бериў ҳәм 200 ден аслам хожалықты газ тармағына жалғаў жумысларын күнниң өзинде баслап жибериў бойынша тараў басшыларына анық тапсырма берилди.