Хүрметли Президентимиздиң алға сүрилген жаңа басламаларына тийкар Қарақалпақстан Республикасындағы районларды еледе раўажландырыў мақсетинде ўәлаятлар бекитилген еди.Соннан Шымбай районына Науайы ўәлаяты ҳәкимлиги бекитилип бүгинги күнде районның жаңадан-жаңа өзгерислерине себеп болды.Атап айтқанда бүгин жасыл қапламалы майданшаларды(Газон) спорт майданшасы Кеңес АПЖ, Гүжимли МПЖ ҳәм Көкши – қала МПЖ аймағында қурылып бүгин пайдаланыўға тапсырылды.Буннан аймақ халкы қалаберсе жаслар жүдә қуўанышлы.Қаратылып атырған мине усындай итибар ҳәм шәраятлар халкымыздың ертенги күнине хызмет етери сөзсиз.