Пәрман тийкарында Шымбайлы исбилерменлерди қандай жеңилликлер күтпекте?

Пәрман тийкарында Шымбайлы исбилерменлерди қандай жеңилликлер күтпекте?

04.10.2022 10:49:54 339 Баспаға шығарыў

Усы жылдың 31-август күни Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Қарақалпақстан Республикасында исбилерменлик, инновациялық технологиялар ҳәм инфраструктураны жедел пәтлерде раўажландырыў арқалы халықтың абаданлығын арттырыўдың қосымша илажлары ҳаққында»ғы пәрманы қабыл етилип, оның 2-а бәнтинде республикамыздың барлық аймақларында ҳәрекет етип атырған исбилерменлик субъектлери ушын 2023-жылдың 1-январынан 2028-жылдың 1-январына шекемги дәўирде пайда салығы, айланыстан алынатуғын салық, юридикалық тәреплердиң мүлк салығы ҳәм жер салығы бойынша салық ставкалары 50 процентке, жеке тәртиптеги исбилерменлер тәрепинен төленип атырған социаллық салық қалалар аймағында ҳәрекет етип атырғанлар ушын 12 есеге, район аймағында ҳәрекет етип атырғанлар ушын 6 есеге азайтылып, жылына базалық есаплаў муғдарының бир есеси муғдарында белгиленди.

Сондай-ақ, социаллық салық азайтылып, 1 процент муғдарында белгиленди.

Президентимиз пәрманында көрсетилген бул жеңилликлер Шымбай районы аймағында жумыс жүргизип атырған исбилерменлер ушын да кең имканиятлар жаратып берди.

Атап айтқанда, район аймағында жайласқан исбилерменлик субъектлериниң товар айланысынан алынатуғын салық ставкасының 2 проценттен 1 процентке, жер ҳәм мүлк салығы ставкасының еке есеге азайтылыўы нәтийжесинде, бурын жергиликли бюджетке түсетуғын кәрханалардың төлемлери өз еркинде қалдырылып, олардың жыллық дәраматы артады.

-Соның ишинде, усы жылдың өткен жети айы ишинде Шымбай районы аймағында жайласқан юридикалық кәрханалардың товар айланысынан алынатуғын салық ставкасы айына орташа 1 млрд 11 млн 300 мың сумды қураған болса,  2023-жылдың 1-январынан 2028-жылдың 1-январына шекем еке есеге азаяды,-дейди бизге Шымбай районлық мәмлекетлик салық инспекциясының юридикалық тәреплерге хызмет көрсетиў бөлими бас инспекторы Олжабай Базарбаев.-Сондай-ақ, район аймағында жайласқан юридикалық тәреплердиң мүлк салығы айына орташа 27,5 млн сум болса, келеси жылдан баслап бул көрсеткиш 13 млн 750 мың сум, жер салығы болса, айына орташа 86 млн сум болса, 2023-жылдан баслап 43 млн сум болыўы күтилмекте. Соның менен бирге, жеке тәртиптеги исбилерменлер тәрепинен төленип атырған социаллық салық район аймағында ҳәрекет етип атырғанлар ушын 6 есеге азайтылып, жылына базалық есаплаў муғдарының бир есеси муғдарында белгиленди.

Бул болса, район исбилерменлериниң өз жумысларын еле де раўажландырыўы ушын үлкен қолайлық ҳәм кең имканият болып табылады.

Әлбетте, Президентимиз тәрепинен республикамыз исбилерменлери ушын жаратылып атырған бундай жеңилликлер  олардың дәраматларының еле де артып, елимиздиң раўажланыўына үлкен үлес болады деп ойлаймыз.

Адилбай Оразов,

 

Пайдалы ресурслар
Skip to content