Департаменттиӊ Қарақалпақстан Республикасы Шымбай районы бѳлими тǝрепине ѳткерилген оператив илǝж даўамында
Шымбай районы аймағында пуқара А.Б ѳз жасаў уйиниӊ қосымша салынған жǝрдемши ханасында нызамға қайшы турде жасырын раўиште қолдан жасалған май жуўаз цехын шѳлкемлестирип, пахта шигитинен пахта майы хǝмде кунжара ѳнимлерин ислеп шығарып атырған ўақтында иркилди.
Натийжеде инсан ѳмирине қǝўипли болған шигит ѳниминен ислеп шығарылған ақ май ѳнимин сатып пайдаланып жургенлиги мǝлим болып айғақлы зат ретинде май жуўаз ускенеси, пахта шигити хǝм пайдаланыўға жарамсыз болған ақ май ѳнимлери айғақлы зат ретинде алынды.
Пуқара А.Б ѳзиниӊ нызамсыз хǝрекетлерин толық мойынлап, Ѳзбекстан Республикасы жынаят кодексиниӊ 1862-статьясы
1-бѳлиминде кѳрсетилген жынаят сǝдир еткенликте айыплы деп табылып жынаят иси қозғатылды, район суд тǝрепинен кѳрип шығылып тийисли тǝртпте жаза шаралары кѳрилди.
Департаменттиӊ ҚР
Шымбай районы бөлими инспекторы
2-дǝрежели юрист Қ.М.Нурхожаев