Департаменттиӊ Қарақалпақстан Республикасы Шымбай районы бѳлими тǝрепине Шымбай районы медицина бирлеспеси имаратына қурылыс оңлаў жумысларын әмелге асырыў ушын 2021-жылда бюджеттен ажыратылған қаржылардың мақсетли сарыпланыўы бойынша үйрениў жумыслары нәтийжесинде,
Шымбай районы медицина бирлеспеси буйыртпашы ҳәм жумысты кесип алып ислеўши “A.A.Q” ЖШЖти орынлаўшы кәрхана арасында шартнама дузилген.
Шартнама бойынша қурылыс жумыслары көлеми 1,384,4 млрд. сум болып дузилген. Қурылыс оңлаў жумыслары буйыртпашы тәрепинен
есап-фактуралар менен тастыйыкланып, яғный кесип алып ислеўши тәрепинен жǝми 100 пайыз кѳлеминдеги 1,384,4 млрд сумлық жумыслар орынланғанлығы ҳаққында дүзилген есап фактуралар буйыртпашы тәрепинен қабыллап алынып төлеўге қабыл қылынған ҳәм шартнамаға тийкарланып 100 пайыз муғдарында “AYGUL AYNUR QURILIS” ЖШЖ есап бетине өткерип берилген.
Кадағалаў–өлшеў жумыслары нәтийжесинде смета,
есап-фактуралары менен салыстырғанда орынланған жумыс көлемлеринен 165,3 млн. сумлық исленбеген жумыс көлемлери анықланып,
бѳлим тǝрепинен Шымбай районы медицина бирлеспеси лаўазымлы шахсларыныӊ ис-хǝркетлеринде Ѳзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниӊ 167-статьясы 2-бѳлими “в”, “г” бандлери хǝм 209-статьясы
1-бѳлими менен жынаят иси қозғатылып район суды тǝрепинен кѳрип шығылып тийисли шара қолланылған.
Департаменттиӊ ҚР
Шымбай районы бөлими баслығы
ǝдиллик киши кеӊесшиси А.Д.Қыдырниязов