Шымбай район ҳәкимлигиниӊ мәжилислер залында Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 31-август күнги «Қарақалпақстан Республикасында исбилерменлик, инновацион технологиялар ҳәм инфраструктураларын жедел тәризде раўажландырыў арқалы халықтың абаданлығын арттырыўдың қосымша илажлары ҳаққында» ғы 213-санлы пәрманыныӊ мазмун-мәнисин түсиндириўге байланыслы мәжилис болып өтти.
Мәжилиске Ⱪарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊеси баслығыныӊ орынбасары А. Давлетов, Ⱪарақалпақстан Республикасы Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў Министриниӊ биринши орынбасары А.Шамуратов, жергиликли Кеӊес депутатлары, район ҳәкими орынбасарлары, ҳәким жәрдемшилери ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.
Мәжилисте пәрманныӊ мазмуны ҳәм жаратылып атырған имканият ҳәм шараятлары бойынша кеӊнен түсиндирилип, халық арасында үгит-нәсият жумысларын еледе жетилистириў ҳәм пәрманныӊ ҳәр бир бәнтиниӊ орынланыўы бойынша ислениўи лазым болған жумыслар белгиленип алынды.