Районымыз дийқан базарында азық-аўқат өнимлери баҳасының турақлылығын сақлаў ҳәм қәўипсизлигин тәмийинлеў мақсетинде ярмаркалар турақлы түрди шөлкемлестирилип келинбекте.
Аўыл турғынларына ҳәр тәреплеме қолайлық жаратыў мақсетинде усындай ярмакалардан бири районымыз орайынын 16 км узақлықта жайласқан «Кеңес» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында «Азық-аўқат» өнимлер ярмаркасы өткерилди.
Карантин басланғанлы берли «Кеңес» аўылында турақлы түрде азық-аўқат өнимлери ярмаркасы шөлкемлестирилип келинбекте, әсиресе ун өнимлериниң қолайлы баҳаларда пуқаралардың жасаў мәнзиллерине шекем жеткерип берилиўи, бизлердиң транспорт қәрежетлеримиздиң тежелиўине себеп болмақта. Әлбетте халықтың мәпин ойлаған ел басшыларынан миннетдармыз дейди-аўыл турғыны, нураный ата Ҳәбип Есемуратов.