Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Мойнақ районында болды

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Мойнақ районында болды

24.09.2022 08:15:19 141 Баспаға шығарыў

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Мойнақ районының социал-экономикалық жағдайы ҳәм халықтың турмыс шараятын жақсылаў жолында әмелге асырылып атырған жумыслар менен танысыў мақсетинде районда болды.

Мойнаққа болған сапарда Жоқарғы Кеңес Баслығы райондағы Қызыл жар аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан шарўашылық комплекси жумыслары менен жақыннан танысты.

Дәслеп шарўашылық комплексине тийисли болған егислик майданларында жетистирилип атырған мәкке далалары көзден өткерилди. Бүгинги күнде шарўашылық комплекси далаларында силос таярлаў ушын зәрүрли болған жергиликли мәкке сорты менен бирге тийкарынан дәнинде жоқары өнимдарлыққа ийе Туркиядан алып келинген жаңа сорт та егилип атыр. Тийисли тараў ўәкиллери менен бирге аўыл хожалығы майданлары көзден өткерилип, республиканың барлық аймақларынан жыйналған шарўашылық тараўы хызметкерлери қатнасыўында комплекстиң силос таярлаў орнында жуғымлы от-жем қорын таярлаў жумыслары көрип шығылды.

Жоқарғы Кеңес Баслығы шарўашылық тараўы қәнигелери менен ушырасыўында республиканын ең шетки ҳәм суў жетип барыўы қыйын болған аймағында жолға қойылған шарўашылық комлекси жумыслары ҳәр бир район шарўалары ушын үлги болыўы кереклиги ҳәм бул жерде пайдаланылып атырған тәжирийбелерди басқа орынларда да ен жайдырыў кереклигин атап өтти.

Сапар даўамында Мойнақ ЛДСП ислеп шығарыў кәрханасы жумыслары көзден өткерилип, кәрхананы иске түсириўде ушырасып атырған машқалалар үйренилди ҳәм бул бойынша тийисли тараў ўәкиллерине тапсырмалар берилди.

Буннан соң район орайында жайласқан “Мойнақ текс” ЖШЖ тигиў-трикотаж фабрикасы көзден өткерилди.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Пайдалы ресурслар
Skip to content