«Жипек – жолы» мәкан пуқаралар жыйынында 5 ҳаял-қыздың бәнтлиги тәмийинленди

«Жипек – жолы» мәкан пуқаралар жыйынында 5 ҳаял-қыздың бәнтлиги тәмийинленди

23.09.2022 15:36:28 305 Баспаға шығарыў

Бүгин «Жипек-жолы» мәкан  пуқаралар жыйынында жумыссыз ҳаял-қызлардыӊ бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм аймақ халқыныӊ мүтәжлигинен келип шығып, халыққа хызмет көрсетиўди жолға қойыў мақсетинде «Айсулыў-Зухра» тигиўшилик кооперациясы  өз жумысын баслады.

«Айсулыў-Зухра» тигиўшилик кооперациясының ашылыӯы мүнәсибети менен район ҳәкиминиң орынбасары, Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлими баслығы Г.Мамбетниязова танысып, енди жумыс баслап атырған жас исбилерменге әӯмет тиледи.

Кооперация баслығы Ақмамбетов Айдосбий бул ҳаққында:

Ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде аймағындағы ҳәким жәрдемшисине мүрәжат еткенлигин, 27 милион сўм муғдарында  субсидия алып, 5 ҳаял-қыздың бәнтлигин тәмийинлеўине ерискенлигин мақтаныш пенен айты.

Жас исбилермен А.Ақмамбетов келешекте бул ашылған  кооперацияны кеңейтиў ҳәм район аймағындағы шетки аўыллардан усындай кооперацияларды ашыў нийетинде екенлигин билдирди.

 

Пайдалы ресурслар