2022-жыл 13-сентябрь күни Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының отыз екинши жалпы мәжилиси болып өтти.Болып өткен мәжлисте мақулланған Нызамлар ҳәм көрип шығылған басқа мәселелер бойынша халық арасында үгит-нәсият жумысларын алып барыӯ,Сенат ҳәм оның комитетлери қарарларында белгиленген тапсырмалардың орынланыӯын тәмийинлеӯ мақсетинде орынларда ушырасыӯлар өткериӯ белгиленген.Усыған байланыслы Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис Сенаты ағзасы Б.Матмуратов қатнасында Шымбай районында илаж болып өтти.
Илажға районлық сектор басшылары, Халық депутатлары районлық Кеңеси депутатлары, район ҳәкиминиң орынбасарлары,тийисли мекеме ,кәрхана ҳәм шөлкем басшылары қатнасты.