Аязламаў ушын шаңарақтың барлық ағзаларына исенимли қорған керек. Егер аязлаўға қарсы профилактика мәселелерине әмел етсеңиз, қыстың қыраўлы күнлерин де саламат өткересиз.
Ҳәр жылы қыс мәўсиминде дүньяда миллионлап адам грипп кеселлигине жолығады. Солардың бир бөлегинде кеселлик оғада аўыр өтеди. Өткир респираторлы инфекциялар, әсиресе, суўық күнлерде ҳәўиж алады. Оған жолыққан наўқаслардың саны күн сайын артып барады. Буның себеби сонда, қыстың қыраўлы күнлеринде организмге қуяш нуры жетиспейди. Иммунитетти беккемлеўге хызмет ететуғын D витамини азайып кетеди.
Буннан тысқары, суўық ҳаўадан дем алғанымызда, мурындағы қан тамырлары ыссылықты жоғалтпаў ушын тараяды. Бул болса, өз гезегинде, ақ қан дәнешелериниң (микроблар менен гүресетуғын «әскерлер») мурынның силекейли қабатына жетип барып, ҳаўа арқалы денемизге кирип келетуғын вируслар менен гүресиўине тосқынлық етеди.