Бүгинги күнде 4 секторында “Абат мәкан”, Дослық, Шахтемир, Жипек-жолы, Оржап, Бердақ мәкан пуқаралар жыйынлары ҳәм Қамыс-арық аўыл пуқаралар жыйынлары болып, яғный 7 мәҳелледе, 5 711 хожалық бар, оларда 6 105 шаңарақ ҳәмде 34 314 пуқаралар жасап келмекте.
Атап айтқанда, 497 пуқара “Темир дәптер”ге киритилген болып, соннан, 476 пуқараның мәселелери унамлы шешилди ҳәм «Темир дәптер»ден шығарылды. Мүтәжлиги болған 21 шаңарақ дәптерде қалдырылды ҳәм бул шаңарақларға “Қайыр сақаўат” фонды ҳәмде қәўендерлер есабынан жәрдемлер көрсетилип келинбекте. Бүгинги күнге шекем “Темир дәптер”деги шаңарақ ағзаларына 1 012,7 млн.сўмлық материаллық ҳәм финанслық жәрдемлер көрсетилди.
Соныда айтып өтиўимиз керек халықтың күнделикли машқалалары, азық- аўқат ҳәм зәрүрий мәселелери менен бирге социаллық машқалаларынада итибар қаратылмақта.
“Ҳаяллар дәптери” мәселеси бойынша айтатуғын болсақ 3 басқышта 597 ҳаял – қызлар 6 критерия бойынша киритилген болып, соннан 557 ҳаял қызларға (93,3 пайыз) әмелий жәрдемлер көрсетилди. III шерек жуўмағына шекем дәптерге киритилген ҳаял- қызларға толық жәрдемлер көрсетилип дәптерден шығарылыўы тәмийинленеди.
Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен айрықша итибар қаратылып атырған “Жаслар дәптери”не тоқтап өтетуғын болсақ дәптерге жәми 320 жас киритилип, соннан 235 жасқа (73,4 пайыз) жәрдемлер көрсетилип дәптерден шығарылды.
Атап айтқанда:
– 21 жигит қызлар бос (вакант) жумыс орынларына жайластырылды,
– 66 жигит қызларға жеңиллетилген кредит қаржылары ажыратылды,
– 53 жигит қызларға дийханшылық ушын жер майданлары ажыратылып берилди,
– 17 жигит қызларға субсидиялар арқалы мийнет қураллары алып берилип жәрдемлер көрсетилди,
– 22 студент жигит қызлардың контракт төлемлери төлеп берилди,
– 11 жас жигитлердиң мобилизациялық шақырыў резерви (МПР) төлемлери төлеп берилди,
– 22 жигит қызларға автомабил айдаўшылық гуўаҳнамалары оқыўы ушын төлемлер төленди,
– 15 жигит қызларға медициналық жәрдемлер көрсетилди.
Бул жүритилип атырған үш дәптерге киритилген пуқаралар менен айрықша шуғылланып, олардың машқалаларын биринши гезекетеги орынланыўы зәрур болған мәселелер сыпатында қарап, жуўапкершиликти сезинип, жумысларымызды даўам еттирмектемиз.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң Шымбай районындағы Халық қабыллаўханасы ҳәм ҳәким жәрдемшилери менен биргеликте жәми 34 мәрте жеке пуқаралар менен олардың социал мәселелерде ҳәмде юридикалық шахслардың ўәкиллери менен көшпели қабыллаўлар өткерилди. Бул көшпели қаббыллаўларда
136 мүрәжатлар келип түскен болып, 92 мүрәжат орнында унамлы шешилди, 44 мүрәжат ийесине ҳуқықый түсиник берилип унамлы шешиў ҳәмде халықты разы қылыў мәселелери көрип шығылмақта.
Бүгинги күнге шекем материяллық жәрдем көрсетиў бойынша 6 мүрәжат,
ден саўлықты сақлаў мәселесинде 2 мүрәжат,
жумысқа жайластырыў бойынша 5 мүрәжат,
жеңиллетилген кредит мәселесинде 8 мүрәжат,
даптерлерге киритиў бойынша 58 мүрәжат ҳәмде басқа тараўлар бойынша 13 мүражат өз шешимин тапты.
Мәмлекетлик салық хызмети органына бириктирилген 4 сектор аймақларын жедел социаллық экономикалық раўажландырыў, орын алған машқалаларды системалы ҳәм оператив шешиў, жаңа инвестиция жойбарларын ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыўда бир қатар жумыслар әмелге асырылмақта.
Атап айтқанда, Шымбай районы 4 сектор аймағында 2022 2023 жылларда 84,7 млрд.сўм лық 56 жойбар әмелге асырылып нәтийжеде 938 жумыс орынлары жаратыў режелестирилген.
Бүгинги күнге шекем жәми суммасы 3,1 млрд.сўмлық 11 жойбар әмелге асырылып, нәтийжеде 144 жаӊа жумыс орынлары жаратылды.
Жоқарыдағы көрсеткишлер бойынша жумысларды даўам еттиремиз, халықтың разылығына ерисиў ушын биз салықшылар барлық күш ғайратымызды аямай ҳәрекет қыламыз деп исендиремен. Ҳәмде ҳүрметли Ел басшымыздың исенимин ақлап, жүклетилген тапсырма ҳәм ўазыйпаларды итибарлы орынлаўда бәршеңизге күш-қуўат ҳәм табыслар тилеймен.