Утамбетов Сабит Абдижамиловичтиң 2022-жылдың 8 айы даўамында сектор аймағын социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша алып барған жумыслары ҳәм алда турған ўазыйпалар ҳаққында есабаты

Утамбетов Сабит Абдижамиловичтиң 2022-жылдың 8 айы даўамында сектор аймағын социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша алып барған жумыслары ҳәм алда турған ўазыйпалар ҳаққында есабаты

19.09.2022 10:52:02 148 Баспаға шығарыў

 Шымбай районы 3-сектор аймағына “Бахытлы”, «Майжап», “Пашенттаӯ” “Қызыл-ѳзек”  аўыл  пуқаралар жыйыны ҳәм “Гүжимли”,  мәҳалле пуқаралар жыйынлары бириктирилген.

Сектор аймағымда жәми 4069 хожалық, 4741 шаңарақ болып, оларда 25818 халық жасайды. Соннан еркеклер 13100,                      ҳаяллар 12718, жаслар болса 5574 ти қурайды. Секторда 11 мектеп, 13 мектепке шекем билимлендириў бөлимлери, 4 аўыл врачлық пункты халықка хызмет қылып келмекте.

Шымбай районы 3-сектор аймағында Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017 жыл 8 август күнги “Аймақларды жедел социал–экономикалық раўажландырыўды тәмийинлеўге байланыслы шара-иләжлар туўрысында”ғы     3182-санлы ҳәмде 2019 жыл 8 январьдағы “Аймақларды комплекс социал–экономикалық раўажландырыў бойынша секторлар жумысларын жәнеде жеделлестириўге байланыслы қосымша шара – иләжлар туўрысында”ғы 4102-санлы қарарлары талапларын орынлаў мақсетинде жыл басыннан берли бир қатар жумыслар әмелге асырылды;

Сектор аймағындағы социаллық қоллап-қуўатлаўға мутәж болған шаңарақлар ҳатлаўлар өткериў даўамында “Темир дәптер”, “Хаяллар дәптер”, “Жаслар дәптер”лерин толық қамрап алында.

 “Темир дәптер”ге жәми болып 406 социал қоллап-қуўатлаў мутәж шаӊарақлар киритилген болса, усы шаӊарақларда   544 мийнетке жарамлы жумыссызлар болған, бугунги кунге келип 529 мийнетке жарамлы жумыссызлардын, яғыный 97,2 пайзыныӊ бәнтлигин таъминлениўге ерисилген. Даптерде болған 406 шаӊарақтыӊ 391 сына көрсетилген әмелий жәрдемлер нәтийжесинде Халық депутатлары Шымбай районы Кеӊесиниӊ қарары менен даптерден шығарылды, ҳәзирде 15 шаӊарақ даптерде қалмақта. 2022 жыл басыннан берли усы шаӊарақларға жәми     45 мәрте 13 000 000 сўмлық әмелий жәрдемлер көрсетилди. Бул шаӊарақлардыӊ халыннан турақлы хабар алып, бәнтлигин тәмийнлеў мәселелеринде жәрдемлер көрсетиў ушын Шымбай район ИИБныӊ хизметшилери хар бир шанараққа бириктирилди, натийжеде шаӊарақларға 30 мәрте әмелий жәрдемлер көрсетилди.

“Ҳаяллар дәптери”ниӊ 3-басқышында сектор аймағынан                      391 ҳаял-қызлар киргизилип, “Ҳаяллар дәптери” фонды есабынан 315  ҳаял-қызларға, яғыный 80,5 пайзына жәрдем көрсетилди.

“Ҳаяллар дәптери”не социаллық қоллап-қуӯатлаӯға мүтәж жумыссыз ҳаял-қызлар жөнелиси бойынша дизимге киритилген  125 ҳаял-қыздың бәнтлиги тәмийинленди, 44 ҳаял-қыздыӊ 40 на                   өз исбилерменлигин баслаў ушын жеңиллетилген кредитлер ажыратылды, бағыўшысы болмаған мүтәжлиги болған 64 ҳаял-қызға ҳәмде қарамағында майып перзенти болған 27 ҳаял-қызға базалық есаплаў муғдарының 4 есеси муғдарында бир мәртелик материаллық жәрдем пуллары ажратылды, 3 ҳаял-қыздың турақ-жайы ремонтлаў ислери алып барылмақта. Турақ-жайға мутәжлиги болған 5 ҳаял-қызлардан 3 ҳаял-қыз турақ-жай алыўы ушын басланғыш төлемлери төлеп берилди.

“Жаслар дәптери” бойынша бүгинги күнде сектор турғынларыныӊ 5574 син жаслар қурайды. Ал, соннан “Жаслар дәптери”не (14-30 жас аралығында) 291 жаслар киритилген болып, олардан 204 жасқа (70,1%) жәрдемлер көрсетилди. Атап айтқанда,       5 жастыӊ бәнтлиги таъминленди, 51 жасқа жеӊиллетилген киредитлар берилди, 60 жасқа өз дийхан хожалығын шөлкемлестириў ушын жер орынлар ажратылды, 11 жасқа субсидия тийкарында аспап-ускунелер алып берилди, 11 жастыӊ тәлим контракт пуллары төлеп берилди, 9 жасқа операция төлемлерин төлеўде жәрдем көрсетилди,  10 жастыӊ сапарбарлық шақырыӯ резервиниң пуллары төлеп берилди, 18 жасқа автотранспорт басқарыӯ гуӯалығын алыӯ ушын оқыӯ пулы төлеп берилди, 29 жасқа басқада жәрдемлер көрсетилди.

Жәнеде, «Мәҳәллелерде жаслар менен ислесиў системасын түптен жетилистириў ис-илажлары ҳаққында»ғы (19.01.2022. ПҚ-92) қарары тийкарында сектор аймағында 3 мәкан ҳәм аӯыл пуқаралар жыйынларында жаслар жетекшилери лаӯазымы шөлкемлестирилди. Оларға бүгинги күнде барлық қолайлы шәраятлар жаратылып, (хызмет ханасы, материаллық техникалық базасы, планшетлер менен тәмийинленди) өз жумысын баслап, жаслар менен ислесиўге толық киристи.

 Мәҳәлледе исбилерменликти раӯажландырыӯ, халықтың бәнтлигин тәмийинлеӯ ҳәм кәмбағаллықты қысқартыӯ мәселелери бойынша район ҳәкиминиң жәрдемшилериниң       ис-ҳәрекетин шөлкемлестириў ис-илажлары ҳаққында”ғы (03.12.2021. ПҚ-31) қарар тийкарында ҳәр бир мәҳәлледе ҳәким жәрдемшилери жумыслары шөлкемлестирилди. Бул системаның жолға қойылыӯы халық пенен мәнзилли жумыс алып барыӯға кең имканият жаратты.

Пуқаралардың машқала ҳәм усынысларын үйме-үй барып үйренип, халыққа әмелге асырылып атырған мәмлекетлик сиясаты ҳәм реформалардың мазмун-мәнисин түсиндирип, анықланған машқалаларды орында шешиў, сондай-ақ мәҳәлледе исбилерменликти раўажландырыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў илажларын көрилмекте. Бүгинги күнге шекем үйме-үй жүрип үйрениӯ даӯамында   685 мийнетке жарамлы пуқара бәнтлиги тәмийинленди. Соннан,  185 пуқара турақлы жумысқа, 184 пуқара ҳақ тѳленетуғын жәмийетлик жумысқа жайғастырылған болса, 316 пуқараның ѳзин-ѳзи бант етиӯ менен тәмийинленди, 238 пуқараға өз жеке исбилерменлигин баслаў ушын жеӊилестирилген кредитлар ажратылды. Буннан басқа 63 пуқара кәсип-ѳнер ҳәм исбилерменликке оқытылды.

2022-2023-жылларда әмелге асырылыўы белгиленген жойбарларды мониторинг қылыў ҳәмде пайда болған машқалаларды шешиў илажларын көриў бойынша 3-сектор аймағында инвестиция дастурине киритилген жойбарларды турақлы мониторинг етип барыў арқалы жүзеге келген машқалалы мәселелер тийисли мекеме ҳәм кәрханалар менен биргеликте сапластырыў илажлары көрилмекте.

3-секторда әмелге асырылыўы белгиленген улыўма бахасы    7 млрд 9 млн. сўмлық 8 жойбарлардыӊ орынланыўын тәмийинлеў ҳәмде белгиленген 101 жумыс орынларын жаратылыўы бойынша ис-илажлар белгилеп алынған. Бу жойбарларды тараўлар көлеминде қарасақ, санаат тараўында 220 млн сумлық 1 жойбар, хызмет көрсетиў тараўында 4 млрд 65 млн сумлық 5 жойбар, аўыл хожалиғында 2 млрд 724 млн сўмлық 2 жойбарларды қурайды.        Шымбай районы 3-сектор аймағында 2022-жылдың 8 ай даўамында 24 мәрте халық пенен ушырасып “Көшпели қабыллаў”лар өткерилди. Ушрасыўлар даўамында жәми 105 мурәжетлер келип тускен болса, усы мурәжетлердиӊ 65 (61,9%) унамлы шешим тапты, 28 муражетлерге тусиниклер берилди,                   9 мурәжет узақ муддетли бақлаўға алынды, 3 мурәжет көрип шығылмақта.

3-сектор аймағында социаллық-экономикалық жақтан инфраструктура бойынша “Гужимли” мәкан пуқаралар жыйыны, Қазы Маулик кѳшесине 2 км аралыққа майдаланған тас қатламы тѳсеп берилди. “Майжап” ҳәм “Қызыл-ѳзек” АПЖ дағы “Қошқар жыққын” ҳәм “Болыс аӯылын” да гөнерген трансформаторлар жаңасына алмастырылды. “Пашенттау” аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы шетки аӯыл есапланған “Байжен” аӯылы халқының саламат турмыс тәризин жақсылаў мақсетинде Медицина бирлеспесиниң шыпакерлери халықты медициналық кѳрикден ѳткерилди. “Гужимли” мәҳәллесине балалар ойын майданшасы қурып берилип усындай унамлы жумыслар әмелге асырылыӯы даӯам етпекте.

Сектор аймағында 2022-жыл ақырына шекем әмелге асырылыўы режелестирилген жумыслар бойынша мағлыўмат

 «Ҳәр бир шаңарақ исбилермен» бағдарламасы тийкарында банк кредит қаржылары есабынан кредит ажыратыӯ арқалы 223 пуқара бәнтлиги тәмийинленеди.

“Абат аӯыл” мәмлекетлик дәстур тийкарында “Майжап” АПЖ дағы 6,5 км жолларға ЩПС тѳсеӯ, 12,6 км узынлықта ишимлик суў тармағын ремонтлаў, 5,9 км аралықдағы электр тармақлары ҳәм таянш үстинлерин жаңалаў, реконструкция ҳәм модернизациялаў, 1 жаңа трансформатор қурыў, 1,8 км пиядалар жолларын қурыў ҳәм ремонтлаў жумысларын әмелге асырыў. Сектор аймағындағы “Темир дәптер” есабында турған                                  15 шаңараққа, “Ҳаяллар дәптери”нде жәрдем кѳрсетилмеген 96 ҳаял-қызларға жәрдем кѳрсетиӯ, “Жаслар дәптери”нде турған 108 жасқа жѳнелислери бойынша жәрдемлер кѳрсетиӯ белгилеп алынды.

 

 

Пайдалы ресурслар
Skip to content