Соңғы жылларда Ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында пүткил мәмлекетимиз қатарында Шымбай районын социаллық-экономикалық раўажландырыў, халықтың турмыс дәрежесин буннан былайда жақсылаў бағдарында бир қатар жумыслар әмелге асырылды.
1-сектор аймағында жыл басынан ҳәм де жыл жуўмағына шекем әмелге асырылатуғын жумыслар ҳаққында есабат берсем.
Бириншиден, 1-сектор аймағында 2022-жыл жуӯмағына шекем улыўма баҳасы 45 млрд. сўмлық 11 инвестиция жойбарларын иске түсириў ҳәм 188 жаӊадан жумыс орынларын жаратыў белгиленип, соннан, бүгинги күнде баҳасы 12 млрд. 956 млн. сўмлық 5 жойбар иске түсирилди ҳәм 105 жаӊадан жумыс орынлары жаратылды.
– Санаат тараўында 10,7 млрд. сўмлық 2 жойбар иске түсирилди, жаӊадан 40 жумыс орынлары жаратылады.
– Экспорт көлеми 15-сентябрь жағдайына 790 мыӊ. долларлық өнимлер экспортқа шығарылып, прогноз 102 пайызға орынланды.
– 2022-жыл жуўмағына шекем экспорт көлеми 1 млн.
130 мың долларға жеткериледи.
– 15-сентябрь жағдайына 303 мыӊ. долларлық туўрыдан-туўры сырт ел инвестициялар ҳәм кредитлер өзлестирилип, реже 100 пайызға орынланды.
– сырт ел инвестициялар көлеми жыл жуўмағына шекем
1,1 млн. долларға (100%) жеткериледи.
Екиншиден халықтың азық-аўқат өнимлерине болған талабын қанаатландырыӯ, баҳалардың тийкарсыз аспаўына жол қоймаў мақсетинде:
– Фермер хожалықлары тәрепинен 1-сектор аймағында 757 гектар тийкарғы майданларға (соннан, 93 га савзабот, 17 га картошка, 108 га палыз, 454 га майлы егинлер, 85 га мәш егинлери егилди) ҳәм бағ жүзимзар аралығына 5 гектар азық-аўқат өнимлери егилди;
Үшиншиден, Шымбай районы 1 сектор аймағында 2022-жылы Мәмлекетлик бағдарламалар ҳәм қәўендер қаржылары тийкарында әмелге асырылатуғын қурылыс ҳәм абаданластырыў жумысларына жәми 11,8 млрд. сўмлық жумысларды әмелге асырыўды реже қылғанбыз.
Социаллық тараў инфраструктурасын жақсылаў
(8,4 млрд сўм) шеңберинде 2 дана мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми, 1 дана мектепке реконструкция ҳәм жаңа қурылыслар жумыслары алып барылмақта. Нәтийжеде, 2360 халыққа билимлендириў хызметин көрсетиў дәрежеси асады.
Ишки жолларды жақсылаў (3,5 млрд сўм) шеңберинде
“Таза жол”, “Кеңес” аўыл ҳәм “Көкши қала” мәкан пуқаралар жыйыны аймақларындағы жәми 7,5 км жоллар оңлаў белгиленип, соннан, 0,250 км жолда асфальтбетон ҳәм
7,2 км топырақ жолларға шағал (ЩПС) жатқызыў жумысларын әмелге асырыў белгиленип, бүгинги күнде қурылыс оңлаў жумыслары жуўмақланды.
Электр тәмийнатын жақсылаў (3,1 млрд сўм) бағдарында районда жәми 10,5 км электр тармақларын жаңадан тартыў ҳәм модернизация жумыслары, 5 дана транформатор пунктлери орнатылып, 2 дана трансформатордың қуўатлылығы асырылды, 215 таяныш бағаналары жағдайы жақсыланады.
Төртиншиден “Темир дәптер”ге киритилген
407 шаңарақтың дизими қәлиплестирилип, 15 жумыссыз пуқараларға өзин-өзи бәнт қылыў ушын 71,7 млн.сўм субсидия қаржылары ажыратылды.
“Ҳаяллар дәптери”не киритилген 305 ҳаял-қызлардың анықланған машқалалары түрлери бойынша анықлап алынды.
Бүгинги күнде Ҳаяллар дәптерине киритилген
147 жумыссыз ҳаял қыздың бәнтлигин төмендеги жөнелислер арқалы тәмийинлеў режелестирилди.
(Бүгинги күнде “Ҳаяллар дәптери”не киритилген жәрдемге мүтәж шаңарақларды материаллық қоллап-қуўатлаў ушын жәми 110,4 млн. сўм қәрежетлер жумсалыды.)
“Жаслар дәптери” бойынша 262 жастан ҳәзирги күнде бос жумыс орынлары, жер майданларын ажыратып бериў, жеӊиллетилген кредитлер, исбилерменлерге бириктириў, субсидиялар ажыратыў, айдаўшылық гүўалықларына оқытыў ҳәм социаллық жәрдемлер бериў арқалы 204 жас (77,8 %) “Жаслар дәптери”нен шығарылды.
Исбилерменликти раўажландырыў ҳәм өз исбилерменлигин баслаў нийетинде болған 34 жасларға
850 млн. сўм жеӊиллетилген кредитлер ажыратып, 25 жаӊа жумыс орынлары жаратылды.
Мен ойлайман, халқымыздың турмыс дәрежесин және де көтериў, районымыздың ҳәр тәреплеме раўажланыўына өзимиздиң үлесимизди қосып, мақтаныш сезимлеримиз бенен жасап, Журтбасшымыздың исенимин ақлап, жүклетилген тапсырма ҳәм ўазыйпаларды инабатлы орынлаўда бәршеңизге күш-қуўат ҳәм табыслар тилеймен.