Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы жанындағы Экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў департаментиниң Қарақалпақстан Республикасы Шымбай район бөлими хызметкерлери тәрепинен министирлер кабинетиниӊ карарына тийкар жеке исблермен шаӊараклық мектепке шекемги билимлендириў шѳлкеминде субсидия пулларын ажратылыўы бойынша ўйрениў жумыслары даўамында Шымбай районы аймағында Р.Б, У.И, К.Г, М.П, ҳǝмде Е.Ж. лар жеке исблерменлик пенен шуғылланып уй бақшасын ашып, қосып жазыў арқалы бюджет пулларын ѳзлестиргенлиги анықланды.
Нǝтийжеде пуқара Р.Б. 8.241.000 сум, пуқара У.И. 3.784.000 сум, пуқара К.Г. 8.443.500 сум, пуқара М.П. 4.983.500 сум, ҳǝмде пуқара Е.Ж. 5.240.000 сум, жǝми 30.692.000 сумды надурыс есабат бериў нәтийжесинде бюджетке келтирген зыянды толық мойынлағанлықлары себебли, бѳлим тǝрепинен Ѳзбекстан Республикасы ҲЖҳКниӊ 61-статьясы 1-бѳлиминде нǝзиринде тутылған ҳуқықбузарлықты ислегенли анықланып хǝкимшилик ислери журтилди, бул ислер бойынша район суд тǝрепинен кѳрип шығылып жǝрима жазасы қолланылды.
Департаментыӊ ҚР
Шымбай район бѳлими баслығы
ǝдиллик киши кеӊесшиси А.Д.Қыдырниязов