Бүгинги сессияда сектор басшылары, районлық Кеңес депутатлары район ҳәкиминиң орынбасарлары, тийисли мәкеме, кәрхана ҳәм шөлкем басшылары қатнасты.
Сессияны район ҳәкими, Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңеси баслығы А.Тажетдинов басқарып барды.
Сессия күн тәртибинде Шымбай районы мәмлекетлик салық инспекциясы баслығы, 4-сектор баслығы Байжанов Комекбай Калмуратовичтиң 2022-жылдың 8 айы даўамында сектор аймағын социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша алып барған жумыслары ҳәм алда турған ўазыйпалар ҳаққында баянат жасады.