Бүгинги сессияда сектор басшылары, районлық Кеңес депутатлары район ҳәкиминиң орынбасарлары, тийисли мәкеме, кәрхана ҳәм шөлкем басшылары қатнасты.
Сессияны район ҳәкими, Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңеси баслығы А.Тажетдинов басқарып барды.
Сессия күн тәртибинде Шымбай районы Ишки ислер бөлими баслығы, 3-сектор баслығы Утамбетов Сабит Абдижамиловичтиң 2022-жылдың 8 айы даўамында сектор аймағын социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша алып барған жумыслары ҳәм алда турған ўазыйпалар ҳаққында.Сондай-ақ Шымбай районы жергиликли бюджетиниң 2022-жыл 2-шерек дараматларының режеден артық орынланған бөлеги есабынан анықланған қаржылары ҳаққында мәселелер көрип шығылды. Күн тәртибиндеги мәселелер бойынша тийисли тараў хызметкерлериниң баянатлары тыңланды ҳәм сессия күн тәртибиндеги мәселелер бойынша тийисли шешимлер қабыл етилди.