Интернет тармақларында 2020-жылдың 20-декабрь сәнесинде “Шымбай ҳәм Тақыятас болған жағдай” атамасында Д.Тәжимуратовтың жыйналысқа телефоны менен киркиўде машқала болғанлығы ҳаққында тарқалған видео мүрәжат бойынша Шымбай районы ҳәкимлиги төмендегилерди мәлим етеди.
Видео мүрәжатта айтылған жыйналыс 2020-жылдың 14-декабрь сәнесинде болып өткен Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиниң гезектеги он жетинши сессиясы болып, онда жыл жуўмағы бойынша район ҳәкиминиң баянаты тыңланды.
Сессияға тийисли тараў қәнийгелери ҳәм ҒХҚ ўәкиллери шақырылған болып онда нәўбетшиликте турған ҳуқуқты қорғаў уйымлары қәнийгелери бәрше сессия қатнасыўшыларының қол телефоны қуралларысыз китириўлери талапқа қойылған. Деген менен ҒХҚ ўәкиллери тәрепинен келип шыққан наразылықлар себеп бәрше келген журналист блогерлерге қол телефоны менен кириўге рухсат берилди.