Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев 2022-жылдың III-шереги ушын белгиленген бюджет түсимлери прогноз көрсеткишиниң орынланыўын ҳәмде бюджетке қосымша түсимлердиң әмелге асырылыўын тәмиийинлеў мәселелери бойынша видеоселектор мәжлисин өткерди.
Мәжлисте Жоқарғы Кеңес Баслығы Аманбай Орынбаев III-шеректе бүгинги күнде бюджетке түсимлер режесин орынлаў бағдарында алып барылып атырған илажларды сынға алды.
Юридикалық ҳәм физикалық шахслардан өндирилетуғын салық қарыздарлықларын өндириў бойынша ҳәр бир жөнелиске республикадан бириктирилген жуўапкер басшылар менен биргеликте бюджетке қосымша түсимлерди түсириўди тәмийинлеў бойынша район ҳәкимлерине тапсырмалар берилди.