Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси баслығының орынбасары – Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министри Б.С.Хабибуллаевтың басшылығында Шымбай районында Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 31-августтағы «Қарақалпақстан Республикасында исбилерменлик, инновациялық технологиялар ҳәм инфраструктураны жедел пәтлерде раўажландырыў арқалы халықтың абаданлығын арттырыўдың қосымша илажлары ҳаққында»ғы ПФ-213-санлы пәрманының мазмун-мәнисин кеңнен үгит-нәсиятлаӯ ҳәмде белгиленген ӯазыйпаларды әмелге асырыӯ бойынша Шымбай, Тахтакөпир ҳәм Қараөзек районларының исбилерменлери, тийисли мәкеме ҳәм кәрхана басшылары қатнасында ушырасыў өткерилди.
Ушырасыўда жойбарларды әмелге асырыўда коммерциялық банклер тәрепинен ажыратылатуғын кредитлер бойынша исбилерменлерге жаратылып атырған жеңилликлер ҳаққында айтып өтилди.