Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 31-август күнги ПП-213-санлы пәрманының мазмун-мәнисин кеңнен үгит нәсият етиў мақсетинде бүгин Шымбай районы үлкен мәжлислер залында илаж болып өтти.Илажға районымыздағы ҳәким жәрдемшилери,жаслар жетекшилери,тийисли тараӯ басшылары қатнасты.Илажды район ҳәкиминиң орынбасары А.Молдахметов басқарып барды.Сондай-ақ Қарақалпақстан Республикасында исбилерменлик, инновациялық технологиялар ҳәм инфраструктураны жедел пәтлерде раўажландырыў арқалы халықтың абаданлығын арттырыўдың қосымша илажлары ҳаққында Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы бойынша республика исши топар қурамы ағзалары жыйналғанларға кең түрде түсиник берип өтти.