Ғәрезсизлик уллы неъмат

Ғәрезсизлик уллы неъмат

03.09.2022 10:49:35 203 Баспаға шығарыў

Бүгинги күни халқымыз ғәрезсизликтиң әҳмийетин әўели өзлигимизди аңлаў, бизлер кимлердиң, қандай уллы адамлардың әўлады екенимизди терең түсинип жетиў, миллий ҳәм улыўма инсаний қәдириятлар уйғынлығы руўхында жасаў, Ғәрезсизлик идеяларын жерлеслеримиз, әсиресе, жас әўлад қәлби ҳәм санасына еледе терең сиңдириў, жәҳән жәмийетинен мүнәсип орын ийелеў, демократиялық мәмлекет, пуқаралық жәмийетти қурыўдың ең тийкарғы ҳәм әҳмийетли шәрти, миллий раўажланыўымыз кепили сыпатында қабыл қылып атырған айрықша итибарға ылайық.

Ақырғы жылларда жаңаланып атырған Өзбекстанда түрли динлерге тән қәдириятларды абайлап-асыраўға, бәрше пуқараларға өз исенимин әмелге асырыў ушын зәрүр шараятларды жаратып бериўге, динлер ҳәм миллетлер аралық татыўлықты еледе беккемлеўге айрықша итибар қаратылып, усы жөнелисте басқа мәмлекетлерде үлги болатуғын бай тәжирийбе арттырылды. Диний қәдириятларды тиклеў ҳәм абайлап-асыраўға қаратылған көплеген ҳүкимет қарарлары қабыл етилип, турмысқа енгизилди.

Уллы уламаларымыздың зыяратлаў орынлары тикленип, олардың илимий мийрасларын үйрениўге кең итибар қаратылмақта. Соңғы жылларда Имам Бухарий, Имам Термизий, Имам Мотуридий, Әбиў Муин Насафий, Ҳәким Термизий, Абдухолиқ Ғиждувоний, Бурҳаниддин Марғиноний, Баҳауддин Нақшбанд, Сузук ата сыяқлы уламаларымыз атлары менен байланыслы зыяратлаў орынлары абаданластырылды.

Ҳүкиметимиз тәрепинен диний еркинликлерди тәмийинлеў бойынша унымлы қәдемлер тасланбақта. Әсиресе, Өзбекстанда әсте-ақырынлық пенен алдын ашылып кейин жаўылып кеткен мешитлер қайта ашылмақта, журтымызда биринши мәрте Мусҳафи шариф басып шығарылды ҳәм Қуран жарыслары өткерилип киятыр.

Сондай екен, бизлер бул уллы неъматтың шүкирин орынлаўымыз, оны абайлап-асыраўымыз, Ғәрезсиз ана журтымыз халқына, оның тыныш турмысы ҳәм қурғынлығына болып атырған қәўиплерден абайлы болыўымыз, бул жолда өзимиздиң қалыс үлесимизди қосыўымыз лазым. Сонда ғана бәршелеримиз Аллаҳ берген Ғәрезсизлик неъматына шын жүректен шүкир етиўши бенделерден боламыз, Рәббимиздиң ырзалығын таўып, динине медет берип, оған әмел қылыўшылардан боламыз.

 

Шымбай районы Хан жоме мешити бас имам хатиби Д.Алламбергенов

 

Пайдалы ресурслар
Skip to content