Бүгинги күнде районымыз бойлап бой тиклеп атырған имаратлар қаламызға өзгеше сән берип тур.Халықтың пәраӯан турмыс кешириӯинде турақ жайлардың орны әҳмийетли.Район орайында салынып атырған замангөй имәратлар сондай-ақ «Жипек жолы» мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы қурып питкерилген ҳәм қурылысы басланған пуқаралар ушын арзанластырылған 4 қабатлы турақ жайлардағы жумыс барысын район ҳәкиминиң орынбасары Б.Жуманиязов көзден өткерди бир қатар исленип атырған жумысларға өзиниң пикир усынысларын билдирди. Ӯшырасып атырған кемшиликлерди сапластырыӯға қурлысшыларға тапсырмалар берди.