Районда “Өрнекли ҳаяллар” ҳәрекетиниң баслығы сайланды

Районда “Өрнекли ҳаяллар” ҳәрекетиниң баслығы сайланды

30.08.2022 10:07:17 361 Баспаға шығарыў

Шымбай районында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниӊ 2022-жыл 8-август күнги «Өрнекли ҳаяллар ҳәрекети жумысын шөлкемлестириў ис-илажлары ҳаққында»ғы 437-санлы қарарына тийкарланып, районымыздағы белсенди, басламашы ҳәм бай турмыслық тәжирийбеге ийе 30 ҳаял-қызлардан ибарат «Өрнекли ҳаяллар» ҳәрекетин шөлкемлестириўге арналған илаж өткерилди.
Илажда усы ҳәрекеттиӊ баслы ўазыйпасы етип жәмийетимизде миллий үрп-әдетлеримиз бенен дәстүрлеримизди үгит-нәсиятлаў, мәҳәллелерде шаӊарақларды беккемлеў, перзент тәрбиясында ата-ананыӊ жуўапкершилиги, үлгили ата-ана болыўдыӊ әҳмийети, әдеп-икрамлы жәмийетти қурыўда руўхый дүньясы бай аналардыӊ турмыслық тәжирийбесин үгит-нәсиятлаў, өсип киятырған жас әўладларды Ўатан сүйиўшилик руўхында тәрбиялаўдан ибаратлығы белгилеп алынды.
Сондай-ақ, усы ҳәрекеттиӊ жетекшиси етип, Шымбай кәсип-өнер мектеби директоры, районлық Кеӊес депутаты Мамутова Лиза Жумабаевна сайланды.
Илажда «Өрнекли ҳаял-қызлар» ҳәрекетиниӊ ис-режеси тастыйықланып, ҳәрекеттиӊ барлық мәҳәллелерде басланғыш топарларын дүзиў ҳәм нәтийжели жумыс алып барыўы бойынша алдағы ўазыйпалар белгилеп алынды.

Пайдалы ресурслар
Skip to content