Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Тлеубаевич Орынбаев

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Тлеубаевич Орынбаев

27.08.2022 15:11:49 331 Баспаға шығарыў

Аманбай Тлеубаевич Орынбаев 1979-жылы Кегейли районында туўылған. Миллети қарақалпақ. Мағлыўматы жоқары. 2002-жылы Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлигиниң Академиясын, 2004-жылы усы Академияның магистратурасын, 2011-жылы Өзбекстан Республикасы Стратегиялық анализлеў ҳәм прогнозлаў Жоқары мектебин тамамлаған.

Шымбай районы 56-санлы «Бердақ» сайлаў округинен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесиниӊ депутаты.

А.Т.Орынбаев 1996-жылы Кегейли районы қурылыс-монтажлаў басқармасында исши болып мийнет жолын баслады. 2002-2003-жыллары Кегейли районлық Ишки ислер бөлиминиң жынаят излеў ҳәм шөлкемлескен жынаятшылыққа қарсы гүресиў бөлимшесиниң оператив ўәкили, 2003-2004-жыллары Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Академиясының магистранты, 2004-2006-жыллары Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлигиниң жынаят излеў ҳәм терроризмге қарсы гүресиў басқармасының аға оператив ўәкили, 2006-2009-жыллары Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлигиниң жеке қурам бойынша арнаўлы инспекциясының оператив ўәкили, 2009-2011-жыллары Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлигиниң Стратегиялық анализ ҳәм перспективаны белгилеў Жоқары мектебиниң тыңлаўшысы, 2011-2012-жыллары Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлигиниң инсан ҳуқықларын қорғаў ҳәм нормативлик ҳүжжетлерди таярлаў бөлиминиң үлкен ҳуқық мәсләҳәтшиси, 2012-2014-жыллары Әмиўдәрья районлық Ишки ислер бөлими баслығының биринши орынбасары – жынаят излеў ҳәм шөлкемлескен жынаятшылыққа қарсы гүресиў бөлими баслығы, 2014-2016-жыллары Әмиўдәрья районлық Ишки ислер бөлими баслығы, 2016-2017-жыллары Нөкис қалалық Ишки ислер бөлими баслығы, 2017-2019-жыллары Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлигиниң Жынаят излеў басқармасы баслығы, 2019-2020-жыллары Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министриниң жәмийетлик тәртипти сақлаў бойынша орынбасары, 2020-2022-жыллары Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлигиниң патруль-пост хызмети ҳәм жәмийетлик тәртипти сақлаў бас басқармасы баслығының биринши орынбасары – жәмийетлик тәртипти сақлаўды шөлкемлестириў басқармасы баслығы, сондай-ақ Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлигиниң Жәмийетлик қәўипсизлик департаментиниң Пробация хызмети баслығы, 2022-жылы Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министри, 2022-жыл 26-июльден ҳәзирги күнге дейин Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының Экология ҳәм Аралбойы аймағын раўажландырыў мәселелери бойынша биринши орынбасары лаўазымларында жумыс алып барды.

Мийнет жолы даўамында ерискен нәтийжелери ушын 2013-жылы «Дўстлик» ордени, 2015-жылы «Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген юрист» ҳүрметли атағы менен сыйлықланды.

Аманбай Тлеубаевич Орынбаев Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесиниӊ усы жыл 26-августтағы гезексиз отыз төртинши сессиясында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесиниӊ Баслығы болып сайланды.

Пайдалы ресурслар
Skip to content