Жәмийетимизде жаӊа руўхый орталықты жаратыўда ҳаял-кызлардыӊ белсендилигин қоллап-қуўатлаў, перзент тәрбиясы, шаӊарақ, ҳаял-қызлардыӊ рўўхый дүньясын жетилистириўде жәмийетшиликке, еӊ алды менен, жасларға тәрбиялық тәсир көрсете алатуғын абырой-итибарлы ҳәм үлкен турмыслық тәжирийбеге ийе болған, белсенди ҳаял-қызлардыӊ ис-ҳәрекетлерин бирлестириў мақсетинде «Ақыллы ҳаяллар ҳәрекети»ниӊ дүзилиўи ҳәм де ҳәрекет жумысын тәртипке салыў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниӊ усы жылы 8-август күни қабыл етилген «Ақыллы ҳаяллар ҳәрекети жумысын шөлкемлестириў ис-илажлары ҳаққындағы» 437-санлы Қарары бүгинги күнимиз ушын оғада әҳмийетли деп ойлайман.
Өйткени, шаӊарақлар беккемлигин тәмийинлеў арқалы мәҳәллелердеги руўхый орталықты турақластырыў, перзент тәрбиясында ата-ананыӊ жуўапкершилигин асырыў, үлгили шаӊарақ ҳәм ата-ана болыўдыӊ әҳмийетин, беккем жәмийет қурыўда беккем шаӊарақлардыӊ ролин кеӊнен үгит-нәсиятлаў, ҳаял-кызлар, әсиресе, жас қызларымызға шаӊараққа ҳәм Ўатанға садықлық, пидайылық сезимлерин сиӊдириўде, «әдепли қыз» ҳәм «руўхый дүньясы бай ана» образын қәлиплестириўде бул ҳәрекеттиӊ дүзилиўи бүгинги күнимиз ушын оғада зәрүр болып табылады.
Мине усы мақсетте Шымбай районы Шаӊарақ ҳәм ҳаял-кызлар бөлими қасынан да 30 ҳаял-қыздан ибарат «Ақыллы ҳаяллар» ҳәрекети дүзилип, оған районымыздағы барлық тараўларда белсенди, дөретиўши ҳаял-қызлар менен биргеликте бай турмыслық тәжирийбеге ийе нураный аналарымызда қамтылды. Сондай-ақ, усы ҳәрекеттиӊ барлық мәкан пуқаралар жыйынларында 15 белсенди ҳаял-қызлардан ибарат басланғыш топарлары да шөлкемлестирилди.
«Ақыллы ҳаяллар» ҳәрекетиниӊ дүзилиўи бизиӊ шаӊарақ ҳәм ҳаял-кызлар арасында алып барып атырған үгит-нәсият жумысларымыздыӊ еле де нәтийжели болыўында бизге беккем сүйениш болады деп ойлайман.