Бийдай егисине таярлық көриӯ бойынша семинар болып өтти

Бийдай егисине таярлық көриӯ бойынша семинар болып өтти

13.08.2022 11:20:43 174 Баспаға шығарыў

Бүгин Шымбай районында 2023 – жылдың гүзлик бийдай егисине таярлық көриў жумысларына арналған семинар кеңес болып өтти. Семинарға Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы Министриниң биринши орынбасары Ш.Тешаев, Өзбекстан Республикасы Суў хожалығы Министри Ш.Хамраев ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Аўыл хожалығы Министриниң биринши орынбасары Ф.Нурмухаммедов, район ҳәкиминиң аўыл ҳәм суў хожалығы мәселелери бойынша орынбасары И.Қайыпназаров ҳәм  фермерлер менен аўыл хожалығына тийисли тараў басшылары қатнасты. Семинарда шығып сөйлеўшилер бийдай егисин тез күн ишинде сапалы етип егиў, келген суўдан үнемли пайдаланыў бүгинги күнниң әҳмийетли жумысларының бири екенлигине тоқтап өтти. Сондай-ақ бийдай егисине қатнасыўшы техникаларды мәўсимге таярлаў жумыслары оған қатнасыўшы механизаторларға қолайлы шараятлар жаратып бериў зәрүр екенликлерин атап өтти.

 

Пайдалы ресурслар
Skip to content