Коррупция менен ҳеш қашан гөзлеген, мақсетлерге ерисе алмаймыз

Коррупция менен ҳеш қашан гөзлеген, мақсетлерге ерисе алмаймыз

24.10.2020 11:14:37 360 Баспаға шығарыў

Коррупция ең алды менен, жәмлескен жынаят топарларын қоллап-қуўатлап, оларға көмекши болыў ямаса туўрыдан-туўры жәрдем бериў ушын мәмлекет хызметиниң имканиятларынан пайдаланыў болып есапланады. Бүгинги күнге шекем коррупцияға қарсы гүресиў дүнья мәмлекетлеринде глобал мәселелерден бири болып келген.
Себеби социал-экономикалық тараўдың жетилисип барыўы ҳәм экономиканың раўажланыўына қарамай, ҳәзирги ўақытта парақорлық, дәмегөйлик иллетине дүньядағы ҳеш бир мәмлекетте пүткил шек қойылған емес.
Ҳәр бир мәмлекеттиң нызамшылығында парақорлық социаллық қәўипли иллет сыпатында қараланады ҳәм буның ушын жынайый жуўапкершилик белгиленген. Коррупцияның жәмийет ҳәм мәмлекет ушын жеткеретуғын зыяны бәршемизге мәлим. Бунда ең алды менен мәмлекеттиң конституциялық негизине, оның сиясий ҳәм экономикалық қәўипсизлигине зыян жеткереди. Соның менен бирге пуқараларымыздың социаллық әдалатқа, ҳақыйқатлыққа ҳәм де мәмлекет уйымларына болған исенимин жоғалтады.
Бүгинги күнде коррупцияға қарсы гүресиў мақсетлерине тек ғана жынаят ҳәм ҳуқықый қураллар менен ерисип болмайтуғынлығын турмыстың өзи дәлиллемекте. Коррупцияга қарсы гүресиўде Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 29-июнь күнги «Өзбекстан Республикасы коррупцияға қарсы гүресиӯ системасын жеделлестириӯ бойынша қосымша ис-илажлар ҳаққында»ғы Пәрманына муӯапық Өзбекстан Республикасы Коррупцияға қарсы гүресиӯ агентлиги шөлкемлестирилди.
Бул пәрман менен дүзилген агентлик мәмлекетимиздиң коррупцияға қарсы гүресиӯ механизимин еледе раӯажландырыӯда, ҳәр-бир басшы, ҳәр бир пуқараның өзине жүкленген ӯазыйпаларын пидайылық пенен ҳадал орынлаӯын талап етеди. Өз гезегинде мәмлекетимиздиң раӯажланыӯына үлкен үлес қосады.

Б.Бекниязов
Шымбай районы Мәмлекетлик хызметлер орайы бөлим баслығы.

Пайдалы ресурслар
Skip to content